Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды
2172
Қайыр-сақаўат ислеў, мүтәжлерге жәрдем көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў кеңпейил халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлердиң бири
Бүгинги күнде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Шараяты аўыр болған, кем тәмийинленген пуқараларды излеп табыў ҳәм олардың тикленип алыўына барлық жәрдемлерди көрсетиў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп берилген. Шараяты аўыр шаңарақ дегенде пахса ямаса қам гербиштен қурылған шиферсиз, полсыз, шараяты жоқ үйлерде жасап атырған, қыста отын ямаса көмир ушын пул таба алмай атырған, емлениўге, дәри-дәрмаққа, баласына аяқ кийим алып бериўге қәрежети жоқ, ҳәттеки туўылғанлық ҳаққындағы гуўалығын ямаса пуқаралық паспортын алыўға қурбы жетпейтуғын шаңарақлар, хожалықлар түсиниледи. Буннан тысқары ижарама-ижара ўақтынша күн көрип жүрген үйсизлер, баспанасызлар да шараяты аўыр хожалықларға киреди. Бул аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың турмысын жақсылаў бағдарында ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен ийгиликли баслама көтерилип, барлық районлардың мәҳәлле ҳәм аўылларында шиферсиз, полсыз, оғада төмен шараятта болған, жасаў турмысы әпиўайы талапларға да жуўап бермейтуғын үйлер тезлик пенен үйренип шығылды. Усы тийкарда бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында республикамыздағы аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде мәжилис болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев қатнасты.
Өткерилген мәжилисте мәжилисте республикамыз районларындағы аўыр шараятта жасап атырған хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарында жумысларды нәтийжели жолға қойыў мақсетинде министрлик, басқарма, мәкеме-шөлкем басшыларынан ибарат исши топарлар дүзилди ҳәм районлар бириктирип берилди.
Шараяты аўыр бул шаңарақларда жасап атырған пуқаралардың кими жалғыз баслы, кими бағыўшысынан айырылған, кими көп балалы, және басқалары майыплығы болған шахслар болып, оларға бүгинги күнде жәрдем көрсетилиўи керек. Ең баслысы бул шаңарақлардың қыстың қыраўлы күнлеринен аман алып шығылыўын тәмйинлеў, денсаўлығына қараў ҳәм бәҳәр басланыўы менен ең биринши гезекте олардың турақ жайларын шиферлап ҳәм поллап берип, турмыс машақатларын жеңиллетиў зәрүр ҳәм шәрт.
Бир сөз бенен айтқанда Қарақалпақстанда «Меҳир ҳәрекети» басланды. Бул ҳәрекет арқалы Қарақалпақстанда бирде бир жәрдемге мүтәж шаңарақ итибарсыз қалмайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети