Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына арналды
1984
8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Быйыл Бас нызамымыздың қабыл етилгенине 30 жыл толмақта. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы сәнеге арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова шығып сөйлеп, Конституцияның мәмлекет ғәрезсизлиги, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, миннетлериниң нызамлы тийкары, беккем кепиллиги екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы Ә.Нурлепесов, ҚР Ишки ислер министрлиги Тергеў басқармасының жуўаплы хызметкери С.Нуратдинов, факултет деканлары ҳәм олардың орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар, студентлер қатнасты.
Кең түрде белгиленген илажда Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны, оның турмысымызда тутқан орны, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдеги әҳмийети, ғәрезсизлик жылларында ерискен барлық жетискенлик ҳәм шеклердиң беккем тийкары екенлиги ҳаққында түсиник берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети