Қоңырат районында «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде ўазыйпалар белгилеп алынды
1512
Жақында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында қала ҳәм районлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумысларды системалы тәризде қадағалаў ҳәмде халықтың мүрәжатларын үйрениў, оларға әмелий жәрдем бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып ɵткен еди.
ϴткерилген мәжилисте айрықша итибар ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде социаллық қорғаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың турақ-жайларын оңлап бериўге қаратылған болып, бул бойынша дүзилген исши топар тәрепинен мәнзилли дизимлери қәлиплестирилди. Оларды қыс мәўсиминен бийзыян алып шығыў ушын әмелий жәрдем кɵрсетиў бойынша сектор басшылары, депутатлар ҳәм мәҳәлле белсендилерине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Усы тийкарда Қоңырат районында жәми 27526 хожалық үйренилгенде 321 шаңарақ социаллық жәрдемге мүтәж екенлиги анықланған болса, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев басшылығында бүгин район ҳәкимлиги мәжилислер залында усы шаңарақлардың социаллық машқалаларын үйрениў ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан турақ-жайларын оңлап бериў бойынша әмелий жәрдем бериўге арналған мәжилис болып өтти.
Мәжилиске сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, сондай-ақ, мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Онда секторлар кесиминде кɵрсетилген ҳәр бир хожалықтан хабар алыў, материаллық жәрдемлер кɵрсетиў, турақ-жайларын оңлап бериў ҳәм бул бағдарда усыныслар киргизиў бойынша депутатлар ҳәм район белсендилерине ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети