Аўыр ҳәм сынақлы күнлерде қол-қанат болыў – инсаныйлық парызымыз
1321
Қыйын-қыстаўлы күнлерде бир-биреўге сүйеў болыў, жәрдем қолын созыў ҳәр биримиздиң инсаныйлық парызымыз саналады.
Жақында ғана Қоңырат районы "Әдебият" АПЖ аймағында жасаўшы Ешмуратов Халмурат ҳәм Юсупова Зияданың шаңарағы және бир сынақлы күнди басынан өткерди. Тилсиз жаў саналған өрт бул шаңарақты баспанасынан айырды. Турмыс сынағына төтепки берип, бас иймеген шаңарақ, бүгин жақсылар жәрдеминде және аяққа турмақта. Мүсийбеттен хабардар болғанлар шаңарақтың ҳалынан хабар алып, кимиси азық-аўқат, кимиси кийим-кеншек яки қаржылай өзлериниң жәрдемин бермекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, район ҳәкими Б.Мадаминов, районлық сектор басшылары ҳәм басқада бир қатар тараў ўәкиллери шаңарақтың ҳалынан хабар алды. Олардың жасаў шараяты менен танысып, азық-аўқат өнимлерин тапсырып, қаржылай жәрдем көрсетти. Соның менен бирге турақ-жайын оңлап алыў мақсетинде 30 миллион сўм қаржы ажыратылатуғын болды.
Қаратылып атырған бундай итибардан шаңарақ ағзалары қуўанышқа бөленип, ертенги күнге исеними артты.
Инсан басына қыйын күнлер түскенде жәрдем бериў инсаныйлық пазыйлетлердиң бири болып, бундай саўаплы исти ҳәр биримиз ҳәр күни қылыўымыз керек.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети