Ҳәр бир аўыр шараяттағы шаңараққа кирип барылады
2002
Бүгинги күнде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында бир қанша әмелий жумыслар әмелге асырылып атырған бир ўақытта жасаў шараяты аўыр, үйлери оңлаўға мүтәж, әпиўайы турмыслық қолайлықлар да жаратылмаған шаңарақлар жоқ емес. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм ийгиликли басламалар әйне усы шаңарақ үйлерине де кирип барыўы керек.
Бүгин Қараөзек районында усындай шаңарақларға жәрдем көрсетиў, олардың қыстан зыянсыз аман алып шығылыўын тәмийинлеўге қаратылған ис-илажларды көрип шығыў бойынша мәжилис болып өтти.
Мажилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев дәслеп районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша жуўапкерлердиң алып барып атырған жумысларын тыңлады ҳәм орнына барып көриў бойынша Жоқарғы Кеңестен жуўапкер бириктирди.
Соның менен бирге "Мехир ҳәрекети" шеңберинде ҳәр бир қыйналған шаңарақты барып көриў, олардың қыстан аман алып шығылыўын тәмийинлеў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, бәҳәр басланыўы менен үйлерин оңлап бериў бойынша ислениўи керек жумысларды бирме-бир түсиндирип, режелерди белгилеў зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, мәжилисте Қараөзек районына республикадан бириктирилген исши топар ағзалары, районлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы шараяты аўыр, жалғыз баслы, кем тәмийинленген, турмыс шараяты әпиўайы талапларға да жуўап бермейтуғын үйлерге барып, жасаў жағдайларын көрди. Оларға зәрүр болған тутыныў буйымлары яғный, телевизор, газ плита, музлатқыш ҳәм азық-аўқат өнимлери апарып берилди.
Ал, алыс аймақлардың бири болған Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралардың үйлерине де усы тақылетте саўғалар тапсырылып, қыс айларында үйлерин жылытыўы ушын көмир жеткерип берилди.
Буннан соң, Қуралпа АПЖ аймағындағы 2-сектор баслығы қәўендерлиги тийкарында 6 хожалыққа арнап қурылған турақ жайларда жасап атырған пуқаралардың ҳалынан хабар алынды.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Қараөзек районы ҳәкимлиги ҳәм «Қарақум Аббаз» ЖШЖ баслығы Аббаз Таңатаров қәўендерлигинде қурылып атырған социаллық үйлердиң қурылыс жумысларын барып көрди. Өз нәўбетинде, 5 кем тәмийинленген шаңарақты үй-жай менен тәмийинлеўдей бул ийгиликли басламаны қоллап-қуўатлайтуғынлығын, ҳәм қайыр-сақаўат барқулла алғысланатуғынлығы атап өтилди.
«Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги ийгиликли баслама тийкарындағы жумысларда аўыр шараятта жасап атырған шаңарақлардың мүшкили жеңилленип, турмыс абаданлығы тәмийинленеди. Бунда ҳәр бир аўыр шараяттағы шаңарақ үйлерине кирип барылады. «Инсан қәдири» ушын принципи тийкарында алып барылып атырған бул ийгиликли ислер еле басламасы ҳәм бул жумыслар системалы түрде даўам еттириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети