Азғана жерден нәтийжели пайдаланыў бүгинги күнниң талабы
749
«Қыйтақ жер дәрамат дереги» деген пикир бүгин азғана жердиң өзинен мол дәрамат алып атырған пуқаралардың мысалында өз тастыйығын таўып атырғанлығы сыр емес. Алақандай жердиң өзинен нәтийжели, жер илимин пуқта билген ҳалда пайдаланған адамның шаңарағына қут-берекет киреди. Жоқарғы Кеңес Баслығы әзелден атайы дийқанлар ели болған Әмиўдәрья районында болып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, үй шараятында дийқаншылық, өнерментшиликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп Чойкөл аўылында қыйтақ жер мәдениятының раўажланыўына үлес қосып атырған Маҳмуд Норбоевтың ыссыханасында шөлкемлестирилген жумыслар көзден өткерилип, дийқан менен пикирлесилди. Сондай-ақ, Холимбег аўылында жасайтуғын үлгили қыйтақ жер ийеси Еркин Қўшаевтың лимон, қулпынай жетистириўди буннан былай да раўажландырыў, қояншылық, шарўашылық хожалықлары бойынша әмелге асырып атырған нәтийжели жумыслары үйренилди. Соның менен бирге, усы аўылдағы Олламберген Исмоиловтың үй шараятында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин сақлаў бағдарындағы жумыслары да көзден өткерилди.
Жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан 16 сотих жер майданында ыссыхана шөлкемлестирген Шавкат Оразбаевтың помидордан мол өним алып атырғаны да итибардан шетте қалмады. Жоқарғы Кеңес Баслығы дийқанлар менен сөйлесиў барысында усындай дийқаншылықтың сырларын терең меңгерген мийнеткешлердиң тәжирийбелери көпшиликке үлги болыўы керек екенлигин айрықша атап өтти.