Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирдан халқымыз!
298

Сизлерди бүгинги Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Инсан мәпи ҳәр қандай нәрседен үстем екенлиги, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, миллетлер аралық татыўлықты, пуқаралардың тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў Конституциямызда белгилеп қойылған болып, усы тийкардағы ийгиликли әмеллер бүгинги күнде турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.
Әзиз дослар!
Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, тынышлық ҳәм татыўлық тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы