Нөкис қаласында Мәмлекетлик байрақ күни кең түрде белгиленди

Бүгин Нөкис қаласы орайында орнатылған Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрақлары жанында «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетлик байрақ халқымыздың миллий мақтанышы, ғәрезсизлиги, бирлиги ҳәм ийгиликли мақсетлериниң тымсалы екенин атап өтти.
«Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ!» сүрени астында өткерилип атырған улыўмахалықлық байрақ эстафетасы Қарақалпақстаннан басланып, Ташкент қаласына жетип барғаны айрықша атап өтилди.
Атап өтиў орынлы, бул эстафета халқымызды бирден-бир Ўатан, улыўма қәдириятлар ҳәм уллы мақсетлер әтирапында бирлестириў, жас әўлад қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм мәмлекетлик нышанларға ҳүрмет сезимлерин беккемлеўге хызмет етеди.
Илаж даўамында мәмлекетлик байрағымыз бәрқулла бәлентлерде желбиреп, елимиз тынышлығы, халқымыздың аўызбиршилиги ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўының айқын тымсалы болып қалатуғынлығы атап өтилди.

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)