Нөкис қаласы әтирапында «Жасыл белбеў» пайда етиў бойынша жумыслар баслап жиберилди

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қаласы әтирапында 15 мың гектар майданда «Жасыл белбеў» тоғайзарларын жаратыў белгилеп берилген еди.
Мине усы тийкарда бүгин қоршаған орталықты қорғаўда ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде айрықша орын тутатуғын бул ийгиликли баслама баслап жиберилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасыл аймақларды жаратыўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм бул бағдарда әмеге асырылып атырған илажлар ҳаққында атап өтти.
Соны айрықша айтыў керек, бүгинги күнде жасыл белбеў жаратыў ушын 15 мың гектар жер майданы таңлап алынған болып, декоратив терек нәллери ҳәм шөлге шыдамлы сексеўиллер егилиўи нәзерде тутылған.
Әлбетте, бул баслама тийкарында егилген терек нәллери халқымыздың саламатлығын қорғаўда, экологиялық жағдайды жақсылаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Илаж даўамында жаслар, нураныйлар, мәкеме-шөлкем хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери бул саўаплы иске өз үлесин қосып, жақсы нийетлер менен терек нәллерин отырғызды.


.jpg)

.jpg)


.jpg)
.jpg)