Тахтакөпир районында бәнтлик ҳәм исбилерменлик ярмаркасы шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың қосымша дәрамат алыўына ҳәм өз исбилерменлигин баслаўына жәрдемлесиў бағдарында бир қатар әмелий илажлар алып барылмақта.
Усындай басламалар қатарында бүгин Тахтакөпир районы Мәденият орайы алдында «Кәмбағаллықтан – абаданлыққа» ҳәрекети шеңберинде бос жумыс орынлары ҳәм үй шараятында киши бизнес пенен шуғылланыў ушын арнаўлы әсбап-үскенелер ярмаркасы өткерилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ярмаркада үй шараятында бизнес баслаў ушын зәрүр техника, әсбап-үскенелер, сондай-ақ, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар ушын берилген жеңиллик ҳәм имканиятлар көрсетилди.
Жумыссыз ҳәм социаллық реестрге киргизилген халық қатламы ушын барлық жеңилликлер, субсидиялар ҳәм жәрдем түрлери толық түсиндирилди, зәрүр мағлыўматлар берилип, имканиятлар көрсетилди.
Буннан тысқары, үй шараятында өз бизнесин баслап, қосымша дәрамат алыў нийетинде болған пуқаралар ушын сол орынның өзинде арнаўлы әсбап-үскенелер тарқатылды.
.jpg)

.jpg)