Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының исбилерменлери менен ушырасты
875
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы исбилерменлер менен ушырасты. Онда 2025-жылда инвестициялық, локализацияластырыў бағдарламаларына киргизилген жойбарларды иске түсириў, экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў, исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселелери талқыланды. Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлер ҳәм инвестициялық жойбарлар ушын еле де кең имканиятлар жаратыў бойынша өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Өткерилген ушырасыўда исбилерменлердиң өз жумысын раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалары тыңланды. Көтерилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.