Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлер менен пикирлести
1139
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Шымбай районында Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди. Онда экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, 2025-жылда әмелге асырылатуғын бағдарламалар шеңберинде жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў арқалы жумыс орынларын жаратыў, бул бағдарда исбилерменлердиң машқалаларына шешим табыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуаўтлаў бойынша жақыннан пикирлесилди. Ушырасыўда Шымбай ҳәм Кегейли районлары ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы иләжлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте. Бүгинги өткерилген илажда исбилерменлер жумысында ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай инвестициялық, ислеп шығарыў ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.