Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний районында исбилерменлер менен пикирлести
1174
Исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўында салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса, тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек. Усы бағдардағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы гезектеги ушырасыў Беруний районында болып өтти.
Ушырасыўда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, 2025-жыл ушын белгиленген инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды. Онда Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.
Өткерилген ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап турған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тараў басшыларына тапсырмалар берилди.