Мәҳәлле жетилигиниң жумыслары кең түрде талқыланды
1071
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Отемисов басшылығында мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аймақларда әмелге асырылған илажлар ҳәмде ушырасып атырған машқалалар сондай-ақ, ҳаял-қызлардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында орын алған әҳмийетли ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова ҳәм басқада министрлик, мәкемелер басшылары, жуўаплы хызметкерлер, қала ҳәм район студияларынан тийисли тараў басшылары қатнасты.
Дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итабары, соның ишинде Мәҳәлле тараўын раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў бағдарында қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарларының әҳмийети, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, жоқары дәрамат алыў, исбилерменликти раўажландырыў, жасыл энергетиканы кеңнен ен жайдырыў бағдарындағы белгиленген ўазыйпалар ҳәм жаратылған шараятлар кең түрде атап өтилди. Онда сондай-ақ, усыншама имканият жаратып берилгенлигине қарамастан, айырым орынларда тараў ҳәм аймақ басшыларының өз ўазыйпасын атқарыўда немқурайлық пенен қарап, қәте-кемшиликлерге жол қойып атырғаны сынға алынды. Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәҳәлледе абаданластырыў жумыслары, тынышлықты сақлаў, жынаятшылықтың алдың алыў, ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги орнын арттырыў, ажырымлардың алдын алыў, жасларымызды баркамал әўлад етип тәрбиялаўда мәҳәллелер жетиликлериниң орны айрықша екенлигине атап өтилип, ўазыйпалар белгиленди.