Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў, Тақыятас ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлер менен ушырасты
1115
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Нөкис қаласындағы Саўда-санаат палатасында Бозатаў, Тақыятас ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти. Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ҳәммемизге белгили, ҳүрметли Президимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, экономикамызда үлеси жоқары болған исбилерменликти Қарақалпақстанда тез пәтлер менен раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлары жаңа имканиятларды жаратып берилмекте. Бүгинги өткерилген ушырасыўда усындай имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа жумыс орынларын ҳәм қосымша қун жарататуғын ҳәр қандай инвестициялық, ислеп шығарыў ҳәм басқа да жойбарлар қоллап-қуўатланатуғынлығын айрықша тилге алды. Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.