Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң нәўбеттеги коллегия мәжилиси өткерлди
2061
Коллегия мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева, Министрлик бөлим баслықлары, район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлим баслықлары, дизимдеги улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорлары, республика бойсыныўындағы билимлендириў мәкемелери баслықлары қатнасты. Өткерилген илаж даўамында тийкарынан улыўма орта билим бериў мектеплериниң шет-тили муғаллимлери кеминде Б2 дәрежедеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болыўы, оқытыўшылардың қәнигелик кетегориясына ийе болыўы, билимлендириў сапасы жоқары болмаған мектеплер, қәнигелестирилген мектеплердиң баҳалаў системасын улыўма орта билим бериў мектеплерине енгизиў, 5 жылдан берли тийкарғы пөн олимпиадасына район(қала)лық басқышында сыйлы орын алмаған мектеплер, е-мактаб платформасында алып барылып атырған жумыслар, едо.ижро платформасына келип түскен ҳүжжетлердиң орынланыўы, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери, министрлик тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде үйренилген жумыслар кеңнен талқыланды.
Мәжилис соңында жақында жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болған унамсыз жағдай кеңнен талқыланды. Алдағы ўақытлары бундай жағдайлардың жүз бериўи ҳәм алдын алыў бойынша барлық тийисли илажлар корилиўи ҳаққында тапсырма берилди. Сондай-ақ, көрилген мәселелер бойынша коллегия ағзалары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди ҳәм ислениўи керек болған ўазыйпалар белгиленип алынды.