Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы исбилерменлер менен ушырасты
1146
Исбилерменлик жумысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша гезектеги ушырасыў Нөкис қаласында өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2025-жылда әмелге асырылыўы белгиленген инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты. Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай инвестициялық, ислеп шығарыў ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.