Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў мәселелери додаланды
1069
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен Кегейли районында әҳмийетли семинар шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары Ш.Отемисов ҳәм Б.Сейтназаров, район ҳәкими А.Камалов қатнасты.
Семинарда грант, техникалық жәрдем ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын жедел тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм фондлар менен байланысларды раўажландырыў бойынша толық мағлыўматлар берилип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар додаланды. Районлық мәкеме, шөлкемлер жуўапкерлери сондай-ақ, мәҳәлле жетилиги қатнасыўында өткерилген семинарда сырт ел грант қаржыларын тартыў ушын тийисли ҳүжжетлерди талап дәрежесинде таярлаў, донор шөлкемлерди белгилеп алыў ҳәм мақсетли грантлар үстинде ислеў, жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилип, қәнигелер тәрепинен тийисли усыныслар берилди.