Туризм тараўын раўажландырыў мәселелери талқыланды
925
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағында туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты. Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, усы тийкарда туризм тараўын раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жаратылған қосымша имканиятлар, берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди. Атап өтилгениндей, өткен қысқа ўақыт ишинде тараўды раўажландырыў бойынша бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилип, бул өз гезегинде елимизде туризмди раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратып берилген имканиятлар ҳаққында пикирлесилди. Сондай-ақ, тараўды раўажландырыў бойынша және қандай илажларды әмелге асырыў кереклиги, исбилерменлер алдында ушырасып атырған машқалалар, шешимин күтип турған мәселелер бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.
Өз нәўбетинде туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер көтерилди. Ушырасыўда ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.