Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты
1025
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты. Онда дәслеп, соңғы жыллары Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында аўыл хожалығы тараўы, соның ишинде шарўашылықты раўажландырыў бойынша жаратып берилип атырған имканиятлар ҳәм республикамызда исбилерменликти раўжландырыўға қаратылған айрықша итибар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, 2025-жылда әмелге асырылыўы белгиленген жойбарларды иске түсириў, фермер хожалықларының гөш, сүт, қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўға арналған жаңа жойбарларын иске қосыў арқалы тараўды еле де раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер талқыланды. Өткерилген ушырасыўда фермер хожалықларының машқалалары тыңланды ҳәм мәселелерине шешим табыў илажлары көрилди.
Халқымыз дастурханына арзан соның менен бирге сапалы гөш, сүт ҳәм қусшылық өнимлерин жеткерип бериў азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли екенлиги айрықша тилге алынды.