Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди
1184
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде спортты раўажландырыўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға кең имканиятлар жаратылып, бул бағдарда әмелий илажлар даўам еттирилмекте. Әсиресе, жасларымыз арасынан елимиздиң байрағын дүньяға еле де танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў, олимпия жарысларында Ўатанымыз абыройын жоқарылатыўға айрықша итибар қаратылып атыр. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Миллий Олимпиа комитетиниң баслығы лаўазымына сайланғаны өз гезегинде аймақ ҳәм тараў басшыларына үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығын, жаратып берилип атырған имканиятлардан пайдаланып тараўда жоқары нәтийжелер қолға киргизилиўи кереклигин айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, бул бағдарда өз ўазыйпасын атқарыўда айырым мәкеме ҳәм федерация басшыларының немқурайлық пенен қарап атырғанлығы сынға алынды. Ушырасыў даўамында елимиз жаслары арасынан халықаралық дәрежедеги жарысларда, оимпияда ойынларында жоқары нәтийжелерге ерисетуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў ушын және қандай илажларды алып барыў кереклиги бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланып, ўазыйпалар белгиленди.