Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў мәселелери додаланды
856
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен орынларда грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша семинарлар шөлкемлестирилмекте. Гезектеги усындай семинар Тахтакөпир районында болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов қатнасты. Семинарда сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм фондлар менен байланысларды орнатыў ҳәм раўажландырыў арқалы бийғәрез жәрдемлерди тартыў, грант қаржыларын алыў, буның ушын зәрүр болатуғын тийисли ҳүжжетлерди талап дәрежесинде таярлаў бойынша кең түрде түсиник берилди.
Сондай-ақ, қатнасыўшы районлық мәкемелер жуўапкерлери ҳәм мәҳәлле жетиликлерине грант қаржыларын халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында пайдаланыўдың әҳмийетли екенлиги атап өтилди.