Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Кегейли районында көше бийлери менен пикирлести
1210
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Бердибек Сейтназаров Кегейли районында болып, район сектор басшылары менен биргеликте Мәденият, Нурлы бостан МПЖ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ҳәм Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм көше бийлери менен ушырасты.
Онда, дәслеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, аймақларды раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетиў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўларда көше бийлери аймақларды раўажландырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Ҳәр бир көтерилген машқаланы шешиўге үлкен итибар қаратылып, бул бойынша арнаўлы бағдарламалар тийкарында әмелий жумыслар алып барылатуғынлығы атап өтилди.