Велоспортты раўажландырыў мәселелери талқыланды
1354
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан велосипед спорты федерациясы баслығының биринши орынбасары, Азия велоспорт коньфедерациясы Бас хаткери К.Ўринбойхўжаев ҳәм федерация бас хаткери Асқарбек Тоғайбеков пенен ушырасты. Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында елимизде спорт тараўын раўажландырыў ҳәм ғалабалық спортты ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, Президентимиздиң айрықша итибары менен жаратылып атырған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Сондай-ақ, спорт түрлери қатарында Қарақалпақстан Республикасында велоспортты еле де раўажландырыў, 2025-жылда əмелге асырылыўы тийис жумыслар, спортшыларымыздың жоқары нəтийжелерге ерисиўи ушын буннан-былай да кең имканиятлар жаратыў мәселелер талқыланды.
Атап өтиў орынлы, жақында ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилип, онда перспективалы спорт түрлери, соның ишинде велоспортты еле де раўажландырыў бағдарында тапсырмалар берилген еди. Бүгинги өткерилген ушырасыўда да берилген тапсырмалар тийкарында бул спорт түрин ғалабаластырыў, лицензия алыў ҳәм медальлар санын көбейтиў ушын күшли таярлықларды көриў мәселелери сөз етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.