«Жүўери гүртик күни» кең түрде белгиленди
1454
Соңғы жылларда 25-февраль сәнеси «Жүўери гүртик күни» сыпатында кең түрде белгилениўи дәстүрге айланып үлгерген ҳәм сәне мүнәсибети менен усы жылда да ҳәр қыйлы илажлар өткерилиўи режелестирилген. Бүгин Нөкис қаласындағы «Қарақалпақ аўылы» әжайып этно-туристлик орнында «Жүўери гүртик күни» байрам сыпатында кең түрде белгиленди.
Онда бул миллий тағамды таярлаў бойынша аспазлар таңлаўы, Қарақалпақ миллий фольклор атқаыўшыларының концерт бағдарламасы, миллий спорт ойынлары, өнерментлер көргизбелери ҳәм басқа да мәдений илажлар өткерилди. Илаждың ашылыў салтанатында жасы үлкен нураныйлар, ел ардағындағы ақсақаллар шығып сөйлеп, миллий тағамларымыздың бири болған жүўери гүртиктиң әсирлер даўамында әўладтан-әўладқа өтип, халқымыздың турмысы менен сыбайлас бүгинги күнге шекем жетип келгени, өз нәўбетинде жүўери гүртик миллий брендлеримиздиң бири ҳәм Қарақалпақстанның өзине тән шақырыў қағазы екенлигин айрықша атап өтти. Усындай әжайип миллий кәдриятларымыз үлгилерин келешек әўладларға сап, таза ҳалында жеткериў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлиги айрықша тилге алынды. Сәне мүнәсибети менен өткерилген илажлар жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен, көтериңки рухта даўам етти.