Нөкисте биринши мәрте дуал билимлендириўди шөлкемлестириўдиң әҳмийетине арналған республикалық форум шөлкемлестирилди
1229
Бүгин, 28-февраль күни Нөкис қаласында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте «Дуал билимлендириўди шөлкемлестириўдиң абзаллықлары» атамасындағы республикалық форум болып өтти. Биринши мәрте шөлкемлестирилген форумға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Б.Қайыпбергенов, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) жойбар мәсләҳәтшиси Ҳирис Кристиан, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Профессионал билимлендириў интеграциясы басқармасының баслығы Ф.Машарипов, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған кәсиплик билимлендириў шөлкемлери, министрлик ҳәм кәрханалардың жуўапкерлери қатнасты.
Форум қатнасыўшылары дәслеп кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде дуал билимлендириўди жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери бойынша шөлкемлестирилген көргизбе менен танысты. Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде жаслардың кәсиплер ҳәм қәнигеликлерди ийелеўге болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў ушын кең имканиятлар жаратыў, соның менен бирге, профессионал билимлендириў системасында дуал билимлендириўди шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқталып өтти. Дуал билимлендириў – экономиканы раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе перспективалы бағдар есапланып, оқыўшы-жасларға билимлендириўди өз бағдарына сәйкес келетуғын шөлкемде жумыс ислеў менен биргеликте алып барыў имканиятын беретуғын система болып табылады. Бунда жаслар 2-3 күн билимлендириў мәкемесинде теориялық билимлерди ийелесе, 3-4 күн даўамында кәрхана ҳәм шөлкемлерде ҳақыйқый жумыс процесинде әмелий көнликпелерге ийе болады. Әҳмийетлиси, дуал билимлендириў формасында билим алып атырған оқыўшылар кәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа қабылланған ўақтында оларға кәрхана тәрепинен устаз бириктириледи және мийнет ҳақы төленеди. Ҳәзирги ўақытта бул система Германия, Австрия, Швейцария ҳәм Корея Республикасы сыяқлы мәмлекетлерде экономикалық тармақларды раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Форумда баянатшылар республикамызда дуал билимлендириўди раўажландырыўдың перспективалары, бул бағдарда Германия мәмлекетиниң тәжирийбеси, дуал билимлендириўде оқыўшы, кәрхана, билимлендириў мәкемеси ҳәм мәмлекеттиң биргеликтеги жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди. Атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнде 31 кәсиплик билимлендириў шөлкеминде 745 кәрхана ҳәм шөлкем менен биргеликте дуал билимлендириў жолға қойылған болып, оларда 1716 оқыўшы кәсип ҳәм қәнигелик сырларын меңгермекте. Бул бағдардағы нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде алдағы ўақытларда Әмиўдәрья, Қараөзек, Қоңырат районлары ҳәм Нөкис қаласындағы техникумларда 10 нан аслам кәсип ҳәм қәнигелик түрлери бойынша дуал билимлендириўди жолға қойыў, сондай-ақ, бул арқалы дуал билимлендириўге қамтыў дәрежесин 3000 оқыўшыға, оларда үйретилетуғын кәсиплер санын 20 ға, бирге ислесетуғын кәрхана және шөлкемлердиң санын 1000 ға жеткериў жобаластырылғанлығы атап өтилди. Форум шеңберинде кәсиплик билимлендириў шөлкемлери менен министрликлер ҳәм кәрханалар арасында дуал билимлендириўди жолға қойыў бағдарында бирге ислесиў бойынша тийисли шәртнамаларға қол қойылды. Форум дуал билимлендириўди әмелиятқа кеңнен енгизиўдиң әҳмийети, бул бағдарда орын алып атырған машқалалар ҳәм олардың шешимлери, тараўда алдағы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.