Бүгин Әмиўдәрья районында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген жаңа система тийкарында "Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы арқалы дәраматларын арттырыў илажлары" атамасында көргизбели семинар басланды.
1158
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары-Президент Халық қабыллаўханасы баслығы У.Муҳаммадиев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов қатнасты. Дәслеп мийманлар райондағы "Қыпшақ" АПЖдағы "Хажы ийшан баба мешити"не барды. Бул жерде басланып атырған жумыслардың қайырлы болыўы ушын Қуран оқылды.