IT тараўын еле де раўажландырыў мәселелери талқыланды
1879
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев IT бағдарында жумыс алып барып атырған тараў ўәкиллери менен ушырасты. Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде тоқталды ҳәм алдағы режелер бойынша пикирлести.
Ушырасыўда усыншама имканият жаратып берилгенлигине қарамастан, орынларда IT хызметлерин усыныў, аралықтан хызмет көрсетиў, IT өнимлерин экспорт етиў бойынша жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилип, ўазыйпалардың орынланыўы сын көз-қараста көрип шығылды. Онда өз ўазыйпасын орынлаўда кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлердиң тийисли жаза шараларына тартылыўы мәселесин көрип шығыў, сондай-ақ, жоқары нәтийжелерге ерискен жуўапкерлерди хошаметлеў бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, IT тараўын еле де раўажландырыў, жаслар арасында кеңнен ен жайдырыў, барлық тараўларда санластырыўды енгизиўдеги әҳмийети ҳаққында кең түрде атап өтилип, тараў ўәкиллериниң пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Өз нәўбетинде ушырасыў даўамында бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди. Барлық билдирилген усыныслар белгилеп алынып, тараў жуўапкерлерине тийисли тапсырмалар берилди. Ушырасыўда 2024-жыл даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар тараў ўәкиллери «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм Жоқарғы Кеңестиң «Миннетдаршылық хаты» менен сыйлықланды.