Елликқалада бир күнде үш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды
1182
Елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўынада айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў жумысларына айрықша пәт ендирилип, ең алыс, шетки аймақларда да жаңа бақшалар қурылып атыр. Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында Президентимиздиң 5246-санлы қарары тийкарында Елликқала районының «Пахтачи», «Чупон» мәкан пуқаралар жыйынларында 36-ҳәмде 37-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жаңадан қурылды. Сондай-ақ, «Қылшынак» аўыл пуқаралар жыйынында «Сапаргүл, Дилфуза, Ширинай» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми мәмлекетлик жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилди. Жаңадан бой тиклеген бул имаратлар бүгин салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, жаңа имаратлардың халық ийгилиги жолында пайдаланыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, жаңадан пайдаланыўға тапсырылған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери аймақ балаларының озық ойлы, саламат ҳәм елимиз раўажланыўы жолында аянбай хызмет ететуғын наўқыран әўладлар болып жетилисип шығыўына хызмет етеди. Илажда Өзбекстан Республикасы Қаржы ҳәм Экономика министрлиги жанындағы Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў жойбары бойынша директор орынбасары Р.Усманов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, район ҳәкими В.Ниязымбетовлар қатнасты.