Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы жоқары дәрежеде белгиленди
1661
Бүгин Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде "8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни" мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады. Буннан соң, бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын белсенди ҳаял-қызларға ҳүрметли атақлар, «Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Жоқарғы Кеңестиң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.
Сондай-ақ, бир топар ҳаяллар Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек нышаны, Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды. Байрам салтанаты көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти ҳәм қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады.