Президент пәрманы тийкарында жаратылған имканиятлардан кең түрде пайдаланыў мәселелери сөз етилди
1096
Жақында ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир айрықша әҳмийетли пәрманы қабыл етилген еди. Пәрманның мазмун-әҳмийетин халқымызға кеңнен түсиндириў ҳәм исбилерменлер арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ушырасыў өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сектор баслығы А.Шамуратов, Министрлер Кеңеси жанындағы Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы директоры У.Хасанов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәҳәлле жетилиги, фермерлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда Пәрман тийкарында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў, санаат тармақлары, аўыл хожалығы, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаратылған имканиятларға кеңнен тоқтап өтилди. Илажда пикир-усыныслар тыңланып, әмелге асырылыўы тийис жумыслар белгилеп алынды.