Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыўға еле де кең имканият жаратылғаны атап өтилди
1105
Нөкис районы ҳәкимлиги мәжилислер залында жақында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы қабыл етилген пәрманның мазмун-әҳмийетин түсиндириўге арналған ушырасыў өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сектор баслығы А.Шамуратов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәҳәлле жетилиги, фермерлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда Пәрман тийкарында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў, санаат тармақлары, аўыл хожалығы, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаратылған имканиятларға кеңнен тоқтап өтилди. Сондай-ақ, бул пәрман менен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыўға еле де кең имканиятлар жаратылғаны, усы берилген мүмкиншиликтен кең түрде пайдаланыў кереклиги айрықша атап өтилди. Илажда пикир-усыныслар тыңланып, әмелге асырылыўы тийис илажлар белгилеп алынды.