Жоқарғы Кеңес Баслығы Корея мәмлекетинен келген делегация менен ушырасты
974
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Корея мәмлекетинен келген KIDL компаниясы баслығы Ким Джэ Ён, Panapinto көшпес мүлкти раўажландырыў команиясы директоры Ким Сон Иль, Mythings автоматластырылған басқарыў системасы компаниясы директоры Ли Сан Хо ҳәм басқа да онға жақын компаниялардың ўәкиллеринен ибарат делегация менен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары, халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бағдарында қабыл етилген қарар-пәрманлар ҳәм усы тийкарда жаратылган мүмкиншиликлерге айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстанның жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўдеги бар болған потенциалы, регион ушын өз алдына берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди. Онда, тийкарынан аўыл хожалығы, соның ишинде теплица шараятында интенсив усылда жоқары өним алыўды жолға қойыў, бунда алтернатив энергия дереклеринен кең пайдаланыў, музлатқышлы қоймаханалар қурыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, агрологистикалық жойбарлар үстинде бирге ислесиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Соның менен бирге, Корея мәмлекети менен байланысларды беккемлеў бағдарында қурылыс, IТ, билимлендириў тараўларын раўажландырыў, ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, ири кәрханалар жумысларын жолға қойыў мәселелери де талқыланды. Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағында жаңа жойбарларды әмелге асырыў барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын ҳәм инвесторлардың жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жумсалатуғынлығын атап өтти.