Кегейлиде пуқаралардың дәраматын арттырыў ҳәм жасыл аймақларды пайда етиў бойынша әҳмийетли илажлар өткерилди
949
Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында "Қыйтақ жер мәденияты, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәрамат табыў" атамасында семинар болып өтти. Онда Республика исши топар ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров, район ҳәкими А.Камалов қатнасты. Семинарда қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, оның мәдениятын қәлиплестириў ҳәм жоқары дәрамат дерегине айландырыў бойынша кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм тармақты раўажландырыў мәселелери додаланды. «Бир мәҳәлледе-бир өним» принципи тийкарында экспортқа өтимли егинлер егиў, егислик майданлар шетлерине нәл егиў арқалы қосымша дәрамат дереклерин жаратыў ҳаққында түсиниклер берилди. Буннан соң "Әҳмийетли бир айлық" бағдарламасы ҳәм "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан таңлап алынған 2 гектар майданға терек нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылды.