«Өзбекстан-Қытай» бизнес форумы өткерилди
1215
Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан дүньядағы ең үлкен қара үйде «Өзбекстан-Қытай» бизнес форумы болып өтти. Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев сөзге шығып, еки мәмлекет басшыларының арасында орнатылған дослық қатнасықларының жақын шериклик мүнәсибетлерди беккемлеўге тийкар болып хызмет етип атырғанын, сондай-ақ, Қарақалпақстанда инвесторлар ушын жаратылған шараятлар, Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары И.Хайдаров, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қытай Халық Республикасынан келген, бизнес орталығы ўәкиллеринен ибарат делегация, жергиликли исбилерменлер, жуўапкер басшылар қатнасты. Өткерилген форумда республикамыздың инвестициялық тартымлығы, жаңа жойбарларларды әмелге асырыў бойынша бар болған имканиятлар, ресурслар потенциалы ҳәм басқа да әҳмийетли жөнелислер ҳаққында сөз етилди.
Форум инвестициялық имканиятларды додалаў, исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳəм биргеликтеги жайбарларды əмелге асырыў ушын өзине тəн майданға айланды ҳәм бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Илаж шеңберинде регион экономикасының перспективалы тармақлары бойынша панель додалаўлары, «B2B» ушырасыўлары ҳəм презентациялар өткерилди.