Пуқаралар ушын қосымша дәрамат дереклерин жаратыў бойынша семинар өткерилди
977
Шымбай районы «Тазғара» аӯыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша «Қыйтақ жер мәденияты, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм дәрамат табыў» атамасында семинар болып өтти. Онда Республика исши топар ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат басшысы Ж.Идиятуллаев, «Ўзсаноатқурилишбанк» АКБ баслығының орынбасары Ш.Якуповлар қатнасты.
Семинарда тийкарынан пуқаралар менен тиккелей ислесиўши мәҳәлле жетилиги ағзаларына азғана жерди мол дәрамат дерегине айландырыў бойынша жумыслар көрсетилип, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесиў, үй шараятында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып қосымша дәрамат алыў, бунда мәҳәллелердеги жоқары нәтийжелерге ерисип атырған пуқаралардың жумысларын кеңнен ен жайдырыў кереклиги атап өтилди. Семинар даўамында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллери егилди.
Күн даӯамында «Тағжап» АПЖдағы «Бийбайша» фермер хожалығына қараслы ыссыхана ҳәмде «Көкши-қала» МПЖ аймағында «Zantex» қоспа кәрханасы жумыслары көзден өткерилди.