«Тазғара» аўылында Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди
990
Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте. Бүгинги күнге келип республикамыз бойлап мәҳәлле ҳәм аўылларда Наўрыз байрамын көтериңки руўхта белгилеў басланып кеткен.
Шымбай районы «Тазғара» АПЖ аймағында да байрам салтанаты өткерилип, онда Республика исши топар ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң Аппарат басшысы Ж.Идиятуллаев ҳәм мийманлар қатнасты. Аймақ турғынлары ушын жоқары кейпият инәм еткен байрам илажлары шеңберинде көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўлары, өнерментлер көргизбелери жыйналғанларда үлкен тәсирлер қалдырды. Наўрыз – улыўма-халықлық байрамы халқымыз арасында кең түрде даўам етеди.