Әмиўдәрья районында шигит егиси басланды
1159
Бүгин Әмиўдәрья районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар өткерилди. Көргизбели семинарда тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханалары, фермер хожалықлары басшылары менен қәнигелер қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар, берилген имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Айтып өтиў орынлы, Президентимиздиң айрықша итибары менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, усы тийкарда бурын болмаған жаңа имкәниятлар ҳәм жеңилликлер жаратып берилди.
Өткен қысқа дәўирде усындай берилген жеңилликлер тийкарында Қарақалпақстанға аўыл хожалығы ушын зәрүр болған көплеген техника ҳәм агрегатлар алып келинип, бул өз гезегинде тараўды раўажландырыўға айрықша пәт ендирди. Бүгинги өткерилген әҳмийетли илажда усындай имканиятлар атап өтилип, шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў, шигит егисиниӊ сапалы усыллары, дийқан фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша пикир-усынысларын билдирди. Нуранийлардың дуўасы менен усы күни дәслепки майданларға шигит себилди. Быйылғы жылы республикамызда 100 мың гектар майданға шигит егилиўи режелестирилген. Мапазды шөлкемлескенлик пенен алып барыў мақсетинде улыўма 243 отряд дүзилип, оларға 15 мыңнан аслам техника ҳәм агрегатлар бириктирилген. Соның ишинде, 170 дана заманагөй жоқары өнимли шигит егиў сеялкаларын қатнастырыў нәзерде тутылмақта.