Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти
1071
Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жылларда ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте. Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Усы жылдың 20-март күни Нөкис қаласында улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары «Дослық» каналы бойында болып өтти. Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, гүллән халқымызды жаңарыў ҳәм жасарыў аййямы – Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Байрам тамашалары пайтахтымыздағы «Дослық» каналының еки бойында да даўам етип атырған болып, жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Бул орынларда да көркем өнер шеберлери, мәденият тараўы ўәкиллери, халық сүйген аткарыўшылар жыйналғанларға Наўрызға тән көтериңки руўх бағышламақта. Туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген түрде саҳналастырылған көринислер, миллий аяқ ойын ҳәм қосықлар атқарылыўы, халқымыздың миллий ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың әжайып шығыўлары ҳәммеге бирдей унады. Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық орынларында даўам етпекте.