«Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен бир топар тараў хызметкерлери сыйлықланды
1703
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен бир топар тараў хызметкерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам ҳүжжетлериниң қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Шын мәнисинде халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында мәҳәлле институты хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте. Бунда мәҳәллелерде аўызбиршилик ҳәм миллий қәдриятларымызды ен жайдырыўда әҳмийетли болған көше бийлери институты халық пенен тығыз бирге ислесиўде «мәҳәлле жетилиги»ниң жақын көмекшисине айланған.
Өткерилген илаж даўамында бүгинги сәне мүнəсибети менен өзлериниң жоқары нəтийжелери ҳəм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы тəрепинен көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети