Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа жойбар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты
569
Исбилерменлик жумысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша гезектеги ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда коммерциялық банклер қаржылары тийкарында 2025-жылда әмелге асырылыўы белгиленген аймақлық инвестициялық жойбарларды иске түсириў, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириўдеги машқалаларды сапластырыў, бар болған имканиятларды толық иске салыў сыяқлы мәселелер талқыланды. Сондай-ақ, берилген жеңилликлерден кең түрде пайдаланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша пикирлесилип, исбилерменлердиң усыныслары, машқалалары тыңланды.