Өзбекстан ҳәм Япония «жасыл» трансформация процесслерин әмелге асырыў бойынша бирге ислеседи
572
Жақында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров Японияның «Panasonic» корпорациясы ҒМДА бойынша регионаллық директоры Кожи Теражима басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти. Сөйлесиў даўамында тәреплер Өзбекстанда «жасыл» экономиканы раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, «жасыл» трансформация процесслерин қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй жойбарларды енгизиў мәселелери додаланды. Ушырасыўда социаллық объектлер ҳәм имаратларды ысытыўда «жасыл» энергия дәреклеринен пайдаланыў мәселеси додаланып, бул бағдардағы имканиятлар үйренилди. Сондай-ақ, имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, тараўда жасыл технологияларды енгизиў, соның ишинде, ыссылық насослары ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан кеңнен пайдаланыў бойынша усыныслар билдирилди. Ишимлик суўын үнемлеўши ҳәм тазалаўшы заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў бойынша да пикир алысылды. Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, “Panasonic Corporation” дүньядағы жетекши электроника ҳәм технология компанияларынан бири болып, тутыныўшы электроника өнимлери, автомобиль компонентлери, санаат системалары ҳәм жасыл энергия шешимлерин ислеп шығарады. Компания “Panasonic Green Impact” стратегиясы шеңберинде углерод нейтраллығына ерисиўди мақсет етип, экологиялық таза технологияларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта. Сойлесиўлер жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў ҳәм тараўды және де раўажландырыў бойынша пикир алысыў процесслерин кеңейтиўге келисип алды.