Ҳүрметли дослар!
Быйыл инсаният ушын, соның ишинде, биз ушын оғада аўыр келди. Соңғы бир ҳәптениң өзинде халқымыз избе-из күтилмеген сынақларға дус келди. 27-апрель күни түнде Бухара ўәлаятында, әсиресе, Алат ҳәм Қаракөл районларында жүз берген аўыр тәбийғый апатшылықтан жақсы хабарыңыз бар.
Бул апатшылық ўәлаят бойынша 38 мыңнан аслам халықтың үйлерине, 847 социаллық тараў объектлерине, егислик майданларға зыян жеткерди. Аўыл хожалығы, өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм инфраструктура тараўларына да үлкен муғдарда зыян жетти.
Биз тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў бойынша барлық зәрүр илажларды көрип атырмыз. Ҳүкимет комиссиясы күни-түни жумыс ислемекте. Бүгинги күнге шекем 70 процент социаллық объектлер, 20 процент халықтың турақ жайларының төбеси жаўылды. Сондай-ақ, 5 мың километр электр тармақлары, 1 мың 100 трансформатор оңланып, 286 мың халықтың электр тәмийнаты тикленди. Жеке тәртиптеги турақ жайлар да оңланбақта.
Тилекке қарсы, басымызға келген сынақлар соның менен жуўмақланбады.
Хабарыңыз бар, Сырдәрья ўәлаятында Сардоба суў сақлағышында жүз берген айрықша жағдай себепли Сардоба, Ақалтын, Мырзаабад районларындағы 24 мәҳәлледен 90 мыңға шамалас пуқара жеделлик пенен қәўипсиз аймаққа эвакуация етилди. Олардың ҳәммесине биринши дәрежели зәрүр шараятлар жаратылып, азық-аўқат, кийим кеншек ҳәм басқа да өнимлер жеткерилмекте. Суў тасқынының ақыбетлерин сапластырыў ҳәм себеплерин үйрениў бойынша Ҳүкимет комиссиясы жумыс ислемекте.
Зыян жеткен турақ жайларды тиклеў ҳәм оңлаў, адамларды өзиниң тикленген үйине қайтарыў ҳәм үй жумысларына жәрдем бериў, инфраструктураны тиклеў, халықтың саламатлығын қорғаў бойынша барлық мәселелер шешилмегенге шекем Сырдәрьяға бириктирилген ҳәр бир басшы күшейтилген моибилизация режиминде жумыс ислейди
Бул аймақлардағы адамлардың турмысын тек ғана алдынғы жағдайына қайтарыў емес, ал оны және де жақсылаў керек. Оларға жаңа турақ жайлар, социаллық объектлер қурып, жаңа жумыс орынларын жаратып бериўимиз шәрт, деп есаплайман.
Бүгинги күнде бир қатар мәҳәллелерде кең көлемли тазалаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылып атыр, нәтийжеде 53 мыңнан аслам халық өз үйлерине қайтыўы ямаса жақын туўысқанларының үйине көшип өтиўи тәмийинленди.
Қайталап айтаман, мәмлекетимиз, жәмийетимиз ҳеш кимди бундай күтилмеген апатшылықлардың алдында жалғыз ҳәм итибарсыз қалдырмайды.
Адамларымыздың өмирин сақлап қалыў ҳәм эвакуациялаўда Айрықша жағдайлар, Ишки ислер ҳәм Қорғаныў министрликлери, Миллий гвардия хызметкерлери әҳмийетли роль атқарады. Бүгинги күнде олар авария ҳәм тиклеў жумысларына кеңнен тартылған.
Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытқа шекем 4 пуқарамыздың тәбийғый апатшылық ақыбетинде қайтыс болғаны, биреўиниң бийдәрек жоғалғаны анықланды. Соның ишинде, халықты хабардар етиў ҳәм қутқарыў жумысларын алып барыў процесинде Миллий гвардияның 2 хызметкерин күшли суў ағысы алып кеткен. Олар өз жанын пидә етип, жүзлеген, мыңлаған адамлардың өмирин сақлап қалды.
Қайтыс болғанлардың жақынлары ҳәм шаңарақ ағзаларына өзимниң терең кеўилимди билдиремен. Жигитлеримиздиң мәртлиги барлық кәсиплеслери ҳәм жаслар ушын Ўатанға, халқымызға садықлық ҳәм пидәкерлик пенен хызмет етиўдиң үлгиси болып қалады.
Әлбетте, Бухара ҳәм Сырдәрьядағы апатшылықлар Жаратқанның бизге жиберген сынағы. Оған сабыр етиўимиз, қатты мийнет пенен, биргеликте ақ-жүзли, абырайлы болып өтиўимиз керек.
Усы қыйыншылықларға қарамастан, халқымыз бул сынақлардың алдында өзин жойытып қоймағанын айрықша атап өтпекшимен. Мине, «экран» арқалы көрип атырсызлар, халқымыз және де бирлесип, өзиниң мийрим-шәпәәти, кеңпейиллиги, уллы сақыйлығын ҳәр күни, ҳәр минутта көрсетпекте. Оны Сардоба, Ақалтын, Мырзаабад районларынан көширилген пуқаралардың 81 процентин Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятларының халқы ықтыярий түрде өз үйлерине жайластырғаны да айқын көрсетип турыпты.
Басқа да ўәлаятлар, министрликлер, компания ҳәм ассоциациялар, халқымыз тәрепинен қысқы ўақытта Бухара ҳәм Сырдәрьяға жәрдем бериў ушын үлкен муғдардағы қәўендерлик қаржылары өткерилди, қурылыс материаллары, азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ ҳәм үй-руўзыгершилик буйымлары жиберилди.
Пурсаттан пайдаланып, жәбир көргенлерге жәрдем көрсетип атырған кеңпейил, сақый ҳәм тилеклес халқымызға және бир мәрте өзимниң қызғын миннетдаршылығымды билдиремен.
Халқымыз бир нәрседен кеўли тоқ болыўы керек, ҳеш қандай артықша гәп-сөзлерге ҳәм мыш-мышларға орын болмаўы керек. Мениң тапсырмама бола ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен суў тасқынына байланыслы ўақыя бойынша объектив, қалыс ҳәм кең көлемли тергеў ҳәрекетлери басланған. Халқымызды исендирип айтаман, тергеў жуўмақлары бойынша барлық айыпкерлер, ким болыўы ҳәм ийелеп турған лаўазымына қарамастан, нызам алдында жуўап береди.
Бул суў тасқыны биз ушын ашшы сабақ болды. Сол себепли суў сақлағыш мәселесинде биз халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда бөгеттиң барлық дамбаларын терең экспертизадан өткеремиз. Тек соннан кейин ғана соңғы шешимге келемиз.
Сондай-ақ, мениң тапсырмама бола ҳәзирги күнде тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен күшли жаўын-шашын себепли эрозия жүзеге келиўи мүмкин болған барлық гидрообъектлер, бөгетлер ҳәм ГЭСлерде тексериў жумыслары алып барылмақта.
Тилекке қарсы, Сардобадаға апатшылық нәтийжесинде биз бенен шегаралас болған қоңсымыз – Қазақстан Республикасы Түркстан ўәлаяты Мақтарал районының айырым елатлы пунктлерин де суў алды. Биз Қазақстан Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомар Тоқаев пенен телефон арқалы бул мәселени өз-ара түсиниў ҳәм ашықлық руўхында ҳәр тәреплеме додалап алдық. Күни кеше Түркстан ўәлаятының ҳәкими Өмирзақ Шукеев басшылығындағы делегация ўақыя орнында болып, жағдайды ҳәр тәреплеме терең үйренди.
Биз туўысқан қазақ халқы менен әзелден бир дәрьядан суў ишип, өз-ара қуда-қудағай болып, ет пенен тырнақтай жақын болып жасағанбыз. Қуўанышлы күнлерде де, сынақлы ўақытларда да бәрқулла бир-биримизге қолқанат болып, қоллап-қуўатлап келгенбиз.
Бул күтилмеген техноген апатшылық тек ғана халқымызға емес, ал қоңсылас қазақ досларымызға да артықша тәшўиш ҳәм зыян жеткергенинен оғада қысынып атырмыз. Олардың халық жасайтуғын жерлери ҳәм егислик майданлары зыян көргенинен, әлбетте, биз оғада өкиништемиз.
Ҳүкиметимиз, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер, басқа да жуўапкер ҳәм қәнигелер қазақстанлы кәсиплеслери менен биргеликте тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў бойынша, әлбетте, жақыннан бирге ислеседи.
Биз қазақстанлы досларымызға тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыўда керекли жәрдем бериўге де таяр екенимизди билдирдик.
Биз басымызға түскен бул қыйыншылықларды да халқымыз бенен биргеликте, өз-ара аўызбиршиликте бир тән бир жан болып, әлбетте, жеңип өтетуғынымызға исенимим кәмил.
ӨзА