Саида Мирзиёева ЕТРБ президенти менен Қарақалпақстандағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалады
Президент Администрациясының Баслығы Саида Мирзиёева Лондонда ЕТРБ президенти Одил Ренауд-Бассо менен ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, ирригация, "жасыл" экономика, Қарақалпақстанды раўажландырыў сыяқлы тараўлардағы жойбарларды додалады.
Cийшемби күни Президент Администрациясының Баслығы Саида Мирзиёева Лондонда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одил Рено-Бассо менен ушырасты.
Президент Администрациясының Баслығы Өзбекстан шөлкем тәрепинен "мәмлекеттеги көплеген ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың турмысын унамлы тәрепке өзгертип атырған" Women in Business (Исбилермен ҳаял-қызлар) ҳәм Youth bin Business (Исбилермен жаслар) бағдарламалары қоллап-қуўатланып атырғанын жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, ол Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы бирге ислесиўдиң Қарақалпақстанда аймақтың турақлы раўажланыўына қаратылған жойбарларын, сондай-ақ, ирригация ҳәм "жасыл" экономика тараўларында кең көлемли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиўи жоқары екенин айрықша атап өтти.
"Ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлериниң жақсы қоңсышылық бағдарындағы улыўма ҳәрекетлери себепли регионда исеним ҳәм бирге ислесиў орталығы қәлиплескени ҳаққында бирдей пикир билдирилди", - делинеди постта.
Сондай-ақ, Лондонда "Жаңа Өзбекстан - үлкен имканиятларға ийе үлкен мәмлекет" атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.
Онда шығып сөйлеген Саида Мирзиёева Өзбекстанда 270 тен аслам Британия компаниясы жумыс алып барып атырғанын атап өтти. Ол британиялы бирге ислесиўшилердиң Өзбекстан экономикасындағы қатнасы кеңейиўине үмит билдирди.