Волонтёр жаслар менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаслар күни шеңберинде белсенди волонтёр жаслар менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, усы қатарда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ашық пикирлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда бир қатар жеңилликлер, қосымша имканиятлар айтып өтилди.
Буннан тысқары, жаслар да өзиниң жаңа басламаларын, усынысларын билдирди. Өз нәўбетинде, ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынып, әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)


.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
