Нөкис қаласында «Күлки инәм етемиз» қайырқомлық акциясы өткерилмекте

Администрация басшысының басламасы менен усы жылдың 5-12-апрель күнлери аралығында Нөкис қаласындағы Балалар миллий медицина орайының Аралбойы регионы балалар кеселликлери бойынша медициналық клиникасында «Күлки инәм етемиз» («Дарим улыбку») халықаралық фондының қатнасыўында қайырқомлық акциясы өткерилмекте.
Илаж шеңберинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы арасынан бир неше басқышта кишкене наўқаслар сайлап алынды. Дәслеп Балалар миллий медицина орайының қәнигелери тәрепинен 2000 нан аслам ул-қызлар тексериўден өткерилип, олардан 270 тен асламы таңлап алынды.
Бул балалардың ҳәр биринде 40 жыллық тәжирийбеге ийе, дүняға белгили пластикалық хирург Ҳасан Баиев тәрепинен медициналық тексериўлер әмелге асырылды.
Нәтийжеде олардың арасынан хирургиялық операциялар өткериўге мүтәж киши жастағы наўқаслар таңлап алынып, Балалар миллий медицина орайының Аралбойы регионы балалар кеселликлери бойынша медициналық клиникасына жатқарылды.
Қайырқомлық акциясы шеңберинде жәми 70 тен аслам наўқасларда хирургиялық операциялар орынланады.
Әҳмийетлиси, акция шеңберинде туўма таңлай ҳәм ерин кемтиги болған балалардағы операциялардан тысқары бир қатар уникал операциялар да өткерилмекте. Соның ишинде, қулақ қалқаны болмаған наўқас балаларда бул орган тиклеп берилди.
.jpg)
.jpg)