Жерлесимиз Азия ойынлары жеңимпазлары қатарынан орын алды
16

Ҳәзирги ўақытта Японияда «Aichi-Nagoya 2026» XX Азия ойынлары болып өтпекте.
Онда мәмлекетимиз спортшылары мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.
Атап айтқанда, Дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Ерназар Сәрсенбаев -100 кг салмақ категориясында үшинши орын ушын қытайлы спортшы менен беллести. Жуўмағында жерлесимиз исенимли жеңиске ерисип, бронза медаль ийесине айланды.