Газлеспеген аймақларда электр энергиясы бойынша базалық норма 350 кВт/саатқа шекем арттырылады

Президент Шавкат Мирзиёев гүз-қыс мәўсиминде халықты, әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық қорғаў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
✅ Презентацияда электр энергиясы, газ, көмир ҳәм коммунал хызметлер ушын төлемлерде әмелдеги қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
❗️Атап айтқанда, ысытыў мәўсиминде газлеспеген ҳәм газ жетип бармаған аймақларда электр энергиясы бойынша базалық норманы 200 киловатт-сааттан 350 киловатт-саатқа арттырыў усынысы мақулланды. Сондай-ақ, декабрь айында жәрдемге мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.
⚡️ Буннан тысқары, Социаллық реестрге кирмеген жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў, электр энергиясы ҳәм газ бойынша базалық нормадан артық тутыныў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў мүддетин 2028-жыл 1-апрельге шекем созыў усыныс етилди.
Нәтийжеде, қоллап-қуўатлаў және 166 мың шаңараққа кеңейиўи, бул жәрдемнен бир жыл даўамында 470 мың шаңарақ пайдаланыўы нәзерде тутылмақта.