Үстирттиң үлкен тереңликтеги қатламлары үйрениледи

Президент Шавкат Мирзиёев нефть ҳәм газ тармағында әмелге асырылып атырған ири жойбарлар бойынша презентация менен танысты.
Онда Перспективалы майданларды, әсиресе, Үстирттиң үлкен тереңликтеги қатламларын үйрениў, жаңа кәнлерди өзлестириў ҳәм бар болған қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша режелер таныстырылды.
Усы мақсетлерде бурғылаў жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў, процесслерге заманагөй технологиялық шешимлерди алып кириў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Сол себепли ҳәзирги ўақытта Үстирт аймағында сырт елли шериклер менен биргеликте жаңа қудықларды бурғылаў, геофизикалық мағлыўматларды қайта таллаў ҳәм газ қазып алыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар нәтийжели жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы геология-излеў ҳәм бурғылаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, ири жойбарларды пуқта есап-санақ ҳәм анық қаржыландырыў дәреклери тийкарында алып барыў, тармақ кәрханаларының жумысына айрықша итибар бериў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.