Волонтёрлық басламалары қоллап-қуўатланбақта

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар орынларда жаслар менен ушырасыўлар өткерилип, олардың басламалары ҳәм усыныслары тыңланбақта.
6-8-сентябрь күнлери Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайында «Реформалар – жаслар келешеги ушын» сүрени астында волонтёрлар ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орайға келип, жаслар менен ушырасты. Олардың усыныслары, басламаларын тыңлап, жақыннан пикирлести.
Атап өтиў орынлы, бул семинар ҳүрметли Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған болып, онда қатнасыўшылар волонтёрлық жумысының тийкарғы бағдарлары, оның жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм жаслардың социаллық белсендилигин арттырыўдағы әҳмийети менен жақыннан таныспақта.
Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслар тәрепинен көтерилген ҳәр қандай орынлы баслама қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.

.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)